⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОТАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Мәдений өсимликлер арасынан шыққан жабайы шөп. Отақ басқан пахта, арақхор жалқаўлар т.б. әшкаралаўшы қосықлар менен Р.Хожамбергенов та қатнасты (Г.Есемуратов). — Кәне, дәрҳал бизге отақ басып атырған жериңизди көрсетиң, бир дөндирип таслайық, — дедим оған (О.Әбдирахманов). 2. Отаўға байланыслы жумыс, ҳәрекет, ис қозғалыс. Бирақ, оның бахтына отаққа киятырған онлаған ҳаял-қызлар қоршап алды (А.Бекимбетов).