ОТЛАҚ
Қарақалпақша
отлақ жер.
кел. Мал жаятуғын жер, майда от-шөплердиң көп өскен жери, отлы жер.
Малды үйирип бәрҳа отлақ жерлерғе, Қара буға бийғам отлап жүреди (Т.Қабулов).
Отлақ жер енеди оның түсине, Ҳәм де шапқыласып жүрген қозылар (Т.Мәтмуратов).
Инсан кеўлиндеги жасыл отлақлар, Ынтыгып сағынар шақырар сени (И.Юсупов).