⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОТЫН

Қарақалпақша

ат. Жағыў ушын арналған ҳәр түрли ағаш, тақта, шақа ҳәм т.б. затлар. Түске шекем оқып, түстен кейин усы Тилеўмурат Қулымбетов екеўимиз ешекли отын тасыймыз (Ж.Аймурзаев). Көмир де емес. Әпиўайы ағаш отын (М.Нызанов). Малды тапқанға бақтыр, отынды шапқанға жақтыр (ққ.х.н.). Ат өлсе ет, арба сынса отын (ққ.х.н.). Ордық орақ, шаптық отын, қазлық жап, Тердик масақ, ийнимизге салдық қап...(Күнхожа). Бир жыңғылды сүйреп, зорға дегенде мешиттиң сыртқы қапысынан киргизип, әйўандағы отын қоятуғын мүйешке қойдым (Ә.Шамуратов). Әй ағаң курортына әкетпеди ғой, тоғайға отын арқалап бараман ба деп! (К.Рахманов). Отын тасыў көбинесе қыстың күни қыйын еди (М.Нызанов). — Баллар, ана тораңғылдың шақаларын путап таслаң, бул үйге еле отын көп керек болады, — дейди изинше өзиниң тыпыршып жүргенин сездирғиси келмей (М.Нызанов). Отын базар менен балық базарының ортасы басып турған дән базары қысқа базар күни болса да адамлар менен толы екен (К.Кәримов).