⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОТЫНШЫ

Қарақалпақша

ат. Отын таярлаўшы, отын шабыўшы, отын тасыўшы. Отыншылардың әңгимесин тыңдай бережақ еди, олар алыслап кетти (Т.Қайыпбергенов). Тоқпан отыншының баласыман (М.Нызанов). Отыншылар емес пе екен? — деди Мәтеке ғарры. (К.Султанов). Нанбайлар, қассаплар, отыншылар, көншилер, бөзшилер отыратуғын тар ҳәм дығырығы мол көшелердиң пәскелтек етип ылайдан салынған ямаса шөпкерден тикленип иши-сырты топан ылай менен сыбалған үйлер арасынан өтип арқаға қарай тартылған қысқа жолға шықты (К.Кәримов).