ОТЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бөксени жерге ямаса отырыўға арналған орынлыққа қойып, қандай да бир орынды ийелеп орналасыў, жайласыў.
Келгенлер столды айналдыра қойылған скамейкаларға отырып атыр (Т.Қайыпбергенов).
Бир дизеден отырады, Қозғалмай таң атырады (Әтеш).
Ол отырса опақ, турса сопақ еди (ққ.х.н.).
Стол дөгерегинде төрт киси отырды (А.Султанов).
Бийдиң жылқысы менен түйесине, қарамалына, ат үстинде қалғып отырғанын еслегенимиз Әрепбай жуўапкер (К.Кәримов).
2. Жайласыў, жасаў, орнығыў, турыў, мәкан етиў.
Әжинияз ең жақын қоңсы отырған Хорезм халықлары арасында болған (Б.Исмайлов).
Посёлкада отырған адамлардың сейисханасына дейин электр шырасы тур (С.Хожаниязов).
3. Транспортқа миниў.
Самолёттан түсиў мен таксиге отырдым.
4. Қандай да бир лаўазымды ийелеў, лаўазымға тайынланыў.
Директорлық лаўазымына отырыпты.
5. Жаза мүддетин өтеў.
Түрмеде отырыў.
Қамақта отырыў.
6. Раўажланбай, төмен дәрежеде тоқтап қалыў.
Оның хожалығы соннан баслап жүдә отырып қалды.
0 Отырып қалған — турмысқа шықпай, жасы өтиңкиреп кеткен.
Отырып қалған қыз.
7. Көм.
фейил.
Көмекши фейил хызметинде ҳәрекеттиң даўамлылығы мәнисин билдирип келеди.
Чай демлеп күтип отырыппан.
Маған қарап отыра бермей кете берсең болады ғой.
Кешлетип келеди деп күтип отырған хеш кимимиз жоқ еди (М.Нызанов).
Рульге отырыў — машина айдаў; шофёр болып ислеў.
Он алты жасымда үш айлық курсты питкердим де, рульге отырдым (М.Нызанов).
Отырып сатыў — саўдагерге көтере сатпай, өзи отырып майдалап сатыў.
Дийқан бергиси келмейди.
— «Өзим отырып сатаман», — дейди (М.Нызанов).