ОТЫРЫСПА
Қарақалпақша
ат. Жыйналып бир жерде отырып ўақыт-хошлық етиў, зыяпат, кеше, шақырыспа.
Егер де усы отырыспаны көрген жигитлер жан жүреги менен баҳа берген болар еди (Ж.Аймурзаев).
Аўылдың белгили-баслы жигитлери отырыспа шөлкемлестиреди (Н.Дәуқараев).
Отырыспа кеште басланды ғой! (Ә.Пахратдинов) Отырыспаға бақсы Турғанбай Қурбанов та шақыртылған екен (М.Нызанов).
Қыздың сәни наз болар, Отырыспаның сәни саз болар (ққ.х.н.).