⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЯТЫЎ

Қарақалпақша

ф. Уйқысынан турғызыў, түрғелтиў, уйқысын аштырыў. Мәтнияз бенен Есмурзаны апыр-топыр ояттым (Ж.Аймурзаев). Қамыслықтан атлап әтейин десем, қамыс сылдырлап жолбарысты оятады (Ә.Шамуратов). Сол жатыстан ақыры оянбай-ақ қойды, оны оятыўға ҳеш қандай күштиң қүдирети жетпеди (Ө.Айжанов). Анам бийшара «үйде жүрсең қулдай бол, дүзге шықсаң бектей бол» деп, көйлегимди үш күннен артық кийгизбейди, уйқылап қалсам оятып, шешип алып жуўып таслайтуғын еди (М.Нызанов). — Оят демеп пе? — деди Елиўбай шыдамай (М.Нызанов).