⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҚЖАЙ

Қарақалпақша

ат. Ийип иеленген ески атыў куралы, сарыжай. Иште турып сыртқы жаўды қырыпты, Жақынласа оқ жай менен урыпты (Т.Сейтжанов). Оқ жайға қолды үйретип, Кийиклерди атаман («Қырқ қыз»). Үлкен үш ул оқ жайды бузып алғаны ушын бузықлар, ал оқты алғанлар үш ок аталып келе берипти (К.Кәримов). Шыққыр көзиң окдап япырмай менен, Атар туў сыртыңнан ол оқ жай менен (И.Юсупов). 0 Оқ жылан — суўжыланлар семьясына тийисли, гәўдеси жиңишке, узынлығы 90 см ғе шекем жететуғын, денесиниң арқа тәрепинде кара-кокшыл жолы бар жылан. Оқ қарық — еғислик атызға жап ямаса салмадан суў әкелип тарқатыў ушын арналып жарылған тийкарғы қарық.