⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҚЛАЎ II

Қарақалпақша

ф. 1. Оқ салыў, мылтық яки басқа да атыў қуралына оқ салып атыўға таярлаў. Мен жақын аўыллардан зорға дегенде оқлық ғана қорғасын таўып мылтығымды оқлап алдым (Ә.Шамуратов). Ережеп мылтығын оқлады да ийнине илдирип үйден қәҳәрли шықты (К.Султанов). Қолымдағы қурал-жараққа, Ғәзебимди қосып ойладым (Т.Мәтмуратов). 2. Таярлаў, колайлаў, қолайласыў, топылыў, гезениў. Бала иште билдирмей қылышын қолына алып, өзин оқлап тура береди (Қ.Айымбетов). Уәйис байға зорлық қылды, қылышын алып оқлады (Бердақ). Шырпынып жатқан аш жолбарыс атпаға өзин оқлады («Мәспатша»).