ОҚЫЎ I
Қарақалпақша
ат. Оқыўшылардың, студентлердиң илим, билим, тәрбия алатуғын оқыў орны, жайы.
Оқыўға кететуғын ўақыт болып, Атамурат пенен Айшагүл орынларынан турды (Т.Қайыпбергенов).
— Оқыўға бараман десем, ағам үйден шығармай-ақ қойды (Т.Қайыпбергенов).
Кеше жүрген жетим едим, мен оқыўға кетип едим (Д.Қасымов).