⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҚЫРАНЫЎ

Қарақалпақша

ф. Жылқының әсте бөлип-бөлип киснеўи. Бир ўақытта ат «көзиңни аш келдиң» дегендей оқыранып киснейди (Қ.Айымбетов). Эй, сен, заман атлары, үйиринди жойттың ба? Я болмаса оқыранып ийеңсиз бос қайттың ба? (А.Даўышбаев). Қорада оқыранып тикке шапшып тур (М.Нызанов). Баққыда турған ети жараўлы еки ат оны жатырқағандай қайшы кулақларын тикирейтип пысқырып оқыранып қарады (К.Султанов).