ОҢ I
Қарақалпақша
кел. 1. Ҳәр бир нәрсениң оң жағы, солдың қарсы жағы, қарсы тәрепи.
Машинаның ишинде шофёрдың оң қапталында отырған капитан терең ойға батып ҳеш жаққа сер сальш қарамады (А.Бекимбетов).
Оң аяғын алдына созып, қызыл шырайлы жигит отыр (К.Султанов).
Оң қолы күйе баслады, сол қолына алды (К.Кәримов).
Әбдикерим жийренниң оң тәрепинен айланып, Қудайназарға қамшы силтеди (М.Нызанов).
2. Дурыс, туўры жөн.
Иси баспай бәрҳа оңға (Әжинияз).
Бәрекелла оңнан келсин талабың, Саўал берсем үйилмесин қабағың (И.Юсупов).
Талабын душпаны бастырмай оңға, Адамға әжайып заман көринди (Омар).
0 Оң болсын — кутлы болсын, қайырлы болсын.
Ким де болса сизғе қызын береди, оң болсын дедп (К.Аралбаев).
Оң болсын! (М.Нызанов).
Оң қанат — жакын жәрдемши, атқосшы, жәрдемши.
Сөздиң хакыйқаты, бул почтальон болған менен үлкен ис ислеп жүр, ол ҳәзир колхоз басқармасының оң қанаты болып жүр (Ө.Хожаниязов).
Оң қол — ең жақын адам, исенимли адам, жакын жәрдемши.
Оң-сол — а) жән-жақ, дөгерек, тәреп.
Қырманы пуш болса создым қолымды, Қаранып, қарманып оңлы-солымды (Г.Дәўлетова).
Умтылды Әмет қанжар ойнап қолында, Андамады не бар оңлы-солында (И.Юсупов).
Азғанадаң өзине келип, онлы-солына андыған ол үстиндеги касқыр ишекти серпип таслап орнынан турды да, тысқарыға шықты (К.Кәримов).
б) мәнисин, парқын, жөнин.
Ис парқын билмес оңы-солдың, Жөнин таппас туўра жолдың, Қуллыкта езилген елдиң, Адамының бәри қорқақ (С.Мәжитов).
Оңтамғалы — урыў-тайпа атамасы.