ОҢАЙ
Қарақалпақша
кел. 1. Аңсат, жеңил, қолай.
Ҳаяллар менен жәнжеллескеннен гөре қанша қызба болса да ерлер менен сөйлесиў анағурлым оңай (Т.Қайыпберғенов).
Бирак, бизиң ладан, саўатсыз халықты уйы мласты ры ў оңай емес (А.Бекимбетов).
Хәким болыў оңай емес тап хәзир, Баяғыша шалқып дәўран сүргендей (И.Юсупов).
— Кеширесиз, сизге қарақалпақ болып жасаў оңай ма я қыйын ба? (Т.Қайыпберғенов).
2. Қайым, қолай, бейим.
Малым жоқ деп қыйналма, Питпесе де ол маңдайға, Душпанға түспе оңайға, Көзинди ашып жүрғил, балам (Бердақ).
Жаўдын оңайын ала баслады (Ө.Хожаниязов).
0 Оп-оңай — жүдә ансат, жеңил, қайым.
Базаргүлди оп-оңай қолына түсирмекши еди (Қ.Аралбаев).