⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҢБАҒАН

Қарақалпақша

кел. Жаман, бузық, бузылған, жөнсиз. Оңбаған әдети барды өз алдына, Сонындай тәртипсиз иси бар екен (Омар). Отырсаң-аў тыныш, бийғам, Саўда билмес бир оңбаған (Б.Исмайлов). — Әй, оңбаған кемпир деп ғаррысы өз жамбасын өзи сартылдатып урса да, оның қозғалатуғын түри болмады (Т.Қайыпбергенов). — Биреў-миреў ҳеш ғәп те, сол оңбағыр Әбдикеримге тап болып кала ма деп қорқамай (М.Нызанов). — Оңбаған, ақмақбәрин билқастан ислейсең... — деп Таймасов үстиме дөнип, дүрлеп келип қалды (О.Әбдирахманов).