ОҢЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жақсы болыў, бахытлы болыў, тәўир болыў, иси дүзелиў, жетисиў.
Оңар жағымды гөзлесем, ҳадал айтып сөз сөйлесем, Халық ушын бахыт излесем, Болар ма екен ақыбет (Бердақ).
Мийнетине пуд таўып, көби оңып қалыпты (Қ.Ирманов).
Қәнекей ол қонағым.
Күлкиден оңып қалдық (Т.Мәтмуратов).
2. қ. Өниў.
Дийқан қуяш пенен жамғырда реңки оңып, пилтеси шығып кеткен тақыясын қолына алып басын қасыды (К.Кәримов).