⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҢҒАРЫЎ

Қарақалпақша

ф. Жөнлеў, дурыслаў. Айтыўдан-ақ гәпке түсти, Оңғаратуғын болды исти (Бердақ). Мәжнүн атты оңғарып, Бабаны сонда куўады, Басына күнлер туўады («Мәспатша»). Жеңгем дейтуғын болсаң, усы баланың исин оңғарып жибересең (К.Рахманов). Түрекең қаққында жазыў ушын китап ақларып отырыўдын түк кереги жоқ, ас писирим де оңғарып таслаўға болады (О.Әбдирахманов).