⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЙДА

Қарақалпақша

ат. Табыс, түсим, кирис, мәп. Ал, усы жаўынның сол өлген ғаррыға қара тыйынлық пайдасы бар ма? (А.Бекимбетов). Питкен ақыл болмаса, сүрткен ақыл ҳеш пайда етпес (ққ.х.н.). Бирақ, булардың соңғы бир ўақытлары, өзинин атақлы «Шежире» дәстанына пайдаға асатуғынын, тап сол ўақытлары билген жоқ (А.Садықов). 0 Пайда, зыянды билиў — пайда менен зыянның парқын айырыў. Адамдай жаны қыйналды, Билгендей пайда-зыянды, Қызыр жатқан орданы, Оқыранып айланды («Қоблан»). Пайда болыў — дөреў, тап болыў. Бир күнлери патшаға, бир ой пайда болады (Қ.Айымбетов). Кеўлиме гүдик пайда болды (А.Бекимбетов). Улында өзғеристиң пайда болғанын көрғен Оразгүл, ҳеш нәрсе айтпастан өз иси менен болды (Т.Қайыпбергенов). Бирақ, тамырдан жаңа нарт шығып және сондай қос қараман пайда болған екен (М.Нызанов). Пайда етиў, пайда қылыў — дөретиў, келтирип шығарыў. Пайда табыў — табыс түсириў, мәплениў.