ПАЙДАКҮНЕМ
Қарақалпақша
ат. Пайдаға қумар, пайдасына пүтин адам, пайдақумар.
Қанша қыйыншылық пенен болса да пайдакүнемлер, саўдағерлер саўдасын жүриткен (Қ.Ерманов).
Жазыўға, шығармаға талап не? «Ретсиз қысқартыў» жөнге келе ме? Өжетленип өзиндикин жөнлеме, Терең ойлан пайдакүнем қайшылы (С.Бекмуратов).
— Ай-ҳай, бизиң пайдакүнем жас жигит, Келер батып белшесинен ылайға (И.Юсупов).
Бул нәпсиқаў, пайдакүнем турмыстың, Өзи бул қылмысқа ҳәўескер болған (И.Юсупов).