⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЙДАЛАНЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Пайдаға асырыў, керегине жаратыў, иске асырыў, жумсаў. Киси жумсап пайдаланып шалқыған, майдай жағып, сүйеклери балқыған (Омар). Күши бар байлар суўдын барлығын әспек қылып пайдаланған (Қ.Айымбетов). 2. Пайда көриў, табыс түсириў, мәплениў. Жиғирма бес жасар хан Абулғазы Мухаммедтиң түйедей бойлы болып, түймедей ойланғанынан ҳәмме пайдаланды (Т.Қайыпбергенов). Усы ўақыттан пайдаланды да, Байрам шешинип атырған биринши нөкердиң арқасынан пышақ урды (Т.Қайыпбергенов).