ПАЙҒАМБАР
Қарақалпақша
ат. Диний көзқарас бойынша қуданың жердеги ўәкили.
Жыласам да көз жасымды көрмедиң, пайғамбарлар, «үмметим ғой» демедиң («Қырқ қыз»).
Қул деп жүрегимди бунша қайтардың, Пайғамбар үммети қуданың кулы («Алпамыс»).
Мен көрдим жигит ҳәсем, тулпар атты, Пайғамбардан кем емес салтанаты, Бизлердей жарлы-жақыбай сорлыларға, Қәнекей тийеғойса шарапаты! (Т.Жумамуратов).
Хәр кимниң өз өмири өзине пайғамбардың өмири, — дейди анам (Т.Қайыпбергенов).