ПАЛ I
Қарақалпақша
ат. Хәррелердиң өсимлик гүллеринен жыйнаған азығы, шийрин, мазалы зат.
Гүл ширесин емсе егер хәррелер, Шире орнына шийрин-шекер пал берер (Ш.Мәмбетмуратов).
Хәррелер ушубан пәрўана болур, Уясы бузылып палдан айрылса (Әжинияз).
Пал тутқан бармағын жалар (ққ.х.н.).
Табылып Людмиладай нешше қурдас, Үйренип палдан татыў болды жолдас (Т.Жумамуратов).