ПАЛАЎ
Қарақалпақша
ат. Гүриш, гешир, гөш, пияз ҳәм басқа да (саримсақ пияз, ерик, кишмиш қосып) затларды майда қуўырып писиретуғын Орта Азияда кең тарқалған мазалы тағам, аўқат.
Бул жер, еңбек етсең зүрәәттиң кәни, Өзбек палаўына тойдырар сени (И.Юсупов).
Сүйлинли палаўға хәммемиз тойып, шадыкуррам болып, ойнадық күлип, Хийўа шәҳәрине кеттик яранлар (Әжинияз).
Таўық гөшин салып асқан палаўы Қасымның таңдайында татыды (Ә.Атажанов).