⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЛАС

Қарақалпақша

ат. 1. Жүн, пахта, кендир жиплерден қалың етип тоқылған, жерге төселетуғын гезлеме ямаса дийўалға қактырылатуғын. Бөлмелери толы ғалы, палас, қорасында үш бузаўлы сыйыры, он бес қойы бар (А.Бекимбетов). Ийирилген жиптен базарға сатыў ушын бөз ҳәм паласлар тоқыды (З.Насурлаева). Паласқа еле сиңбей гилкилдеп атырған сорпаны көрип дус төменине жатты (Т.Қайыпбергенов). Жайдың иши байдың үйинен де жақсы болып безелген, дийўалдын төрги қатарында палас қағылған, жайдың еденине де палас төсеп қойьиған, аяқ басар ашық жер жоқ (М.Дәрибаев).