⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАНА

Қарақалпақша

ат. 1. Таса, ық, ықтырма. Жел жағының панасы, Үстине келген душпаннан (Бердақ). Кемпир екеўи кейин шеғинип, есиктиң алдындағы шертекти паналады (М.Нызанов). 2. Қорған, бекинис. Ғәрези жоқ ер екен, Жаў жағының панасы (Бердақ). Тар кешиўде қарсы алып талай жаўды, Халық таўдан, таў халықтан пана таўды (И.Юсупов). Жыртық үзик қара үйиң, Желсиз күни панаң еди (И.Юсупов). 3. аўыс. Тирек, сүйениш, ғамхор, мийирман, қәўенлер, қайырқом. Жалғыз туўған ерлердиң, Алла болғай панасы, Қыдырбайдай ғаррының, Тилеп алған баласы («Қоблан»). Ҳақыйқаттан басқа мениң панам жоқ, Бай жылатса жубатқандай адам жоқ (Қ.Ерманов). Шерим-ай, шерим-ай, бизди өз панаңда сақлайсаң, — десе жанынан өтип кете береди (Т.Қайыпбергенов).