⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАНАЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Бир нәрседен жасырыныў, тасаланыў, қорғаныў, сақланыў. Разведчиклер усы түбирлерди паналап, көлге қарап жүрди (Қ.Досанов). Паналап тез айбағарды, Кирдик барып калың бүкке (И.Юсупов). Кемпир екеўи кейин шегинип, есиктиң алдындағы шертекти паналады (М.Нызанов). Еки бала да Қырым жақка аўысып, дайысы Дәўлет Герейди паналапты (К.Мәмбетов). Бизди дос санап үйимизди паналадың (Т.Қайыпбергенов).