ПАПИРОС
Қарақалпақша
ат. Қағазға оралып темекиниң майдасынан иеленген, фильтри жоқ шылым.
Аттестат алған күни муғаллимниң өзинен папирос сорадым ғой? (М.Нызанов).
Ретинде оған бир дана папирос берип қуўантыў да мүмкин, ал бир дана папиросыңды аяп, узақ өмирге өкпелетиў де мүмкин (Т.Қайыпбергенов).
Жийемурат қалтасынан папирос алып, шырпы изледи (Т.Қайыпбергенов).