ПАРАСАТСЫЗ
Қарақалпақша
кел. Шыдамсыз, сабырсыз, тынышсыз.
Бул ўақыя мениң де көкирегиме ғулғула салды.
Парасатсызландым (Т.Қайыпбергенов).
Парасатсыз султанлардың бундай әдетлерин патшайы ағзамның өзи -ақ биледи екен (Қ.Мәмбетов).
Гейде мүшениң ана жери, мына жери жоқ деп жас баладай тоңқылдап мал сүйеклерин парасатсыз рәўиште кемиретуғын еди (Т.Қайыпбергенов).