⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАСПОРТ

Қарақалпақша

ат. 1. Жеке адамға атын, туўылған ҳәм жасайтуғын жери жазылып берилетуғын гүўалық, ҳүжжет. Ол паспортындағы өзиниң шын туўылған жылын билегөре өзгерткен (А.Бекимбетов). — Бағана паспортыңа қарамаппан- ай, сениң! — деди Шазада бир нәрсени умыт қалдырғандай сергекленип (М.Нызанов). Мен биринши рет аўылдан қалаға оқыўға кетеримде паспорт ушын метрика талап етилгенде, қашан туўылғанымды дәл анықлаўым керек болып қалды (Т.Қайыпбергенов). 2. Машина ҳәм басқа да аўыл хожалық затларының ҳүжжетлери. 3. Хожалық техника буйымдарының хүжжетлери.