⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАТША

Қарақалпақша

ат. 1. Революцияға дейинги Россия монархиясының титулы, атағы. 2. гөн.с. Азия еллерининде ел басқарыўшы, ел басшы, ел ағасы. Патшаның атланысында қаза болсаң, шейит дейди ғой китапта (К.Султанов). Қайдағы бир алыс ҳүкиметте аўдарыспақ болғанын, оның патшасы Николайдың қулағанын еситти (М.Нызанов). Өзиниң Петербургта болғаны, ҳаял патшаны көргени, Нева, Едил, Жайық, Ор дәрьялары, Қазан, Москва қалалары жөнинде ҳәм өзин кең қыялларға үйреткен полат денели, дәў жүрекли Кузьма Бородин хаққында узын-шубай, дәсте-дәсте ертеклер айтып жас баланың аўзынан суў ағызды (Т.Қайыпбергенов).