⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАШШАП

Қарақалпақша

ат. Ханның қасында хызмет атқарыўшы әскер. Зәрре еглен курсап турған пашшаплар, ҳеш бир адам мендей муңлы болмасын («Мәспатша»). Пашшап ойланған киби үлкен басын арқасына таслап, азғана егленди (К.Кәримов). Махмуднияз мийманларының орынлы жуўап қайтарғанына рийзалығын билдирип үлгермей-ақ, еки пашшап төрги жайдың қапысын ашып, хан киятырғанын хабарлады (Т.Қайыпбергенов). Пашшаплар, Нурлыбектиң қаны ушын, киндик қаным тамған Хорезм ушын урықсат бериңлер! — деп Ерназар жалбарынып баратыр еди, оның даўысы ханға еситилди (Т.Қайыпбергенов).