ПАҚАЛ
Қарақалпақша
ат. Өсимликтиң негизги бөлими, тийкарғы бөлеги.
Ийнинде күнлик шапаны, Пақалға тырналып саны, Бәрқулла қыйналып жаны, Атызда жүр орақшылар (Күнхожа).
Мине, мына гүл пақалдың екинши шақасынан түптен ашылған (Қ.Досанов).
Ийелери үлгере алмағанлықтан пақал бойлап салбырап шашылып та қалған еди (Т.Қайыпбергенов).
Пақалы бар алаша, Мийўеси бар тамаша (ққ.х.ж.).
Табақтай ата басының биразын қәкке шоқып кеткен шимишке пақалға асылып орнымнан турдым (Т.Қайыпбергенов).