⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЕДАГОГИКА

Қарақалпақша

ат. Баланы тәрбиялаў, оқытыў, билим бериў, ҳәм тәлим-тәрбия жумысын жүргизиўдин методы қаққында илим. Ярым жылдан бери таярлық көрилип атырған шығыс халықлары педагогикасына бағышланған халықаралық конференцияға дүньяның көп еллеринен алымлар шақырылған еди (М.Нызанов). Ҳәр елдиң, хәр халықтың бала тәрбиялаўда өзинше өмир әлипбеси, миллий педагогикасы болғанындай, ҳәр семья өзиниң өмир әлипбесине, өзиниң педагогикасына ийе (Т.Қайыпбергенов).