ПЕСИН
Қарақалпақша
ат. 1. Күнниң түстен аўған ўақты, түстен кейинги ўақыт.
Азанда шыққан Алпамыс песин ўақта жетеди («Алпамыс»).
Песин пайытында буннан еки-үш күн бурын козғалаң болып өткен Таллық өзегиниң бойында иркилген атлылар үш топарға бөлинди (К.Кәримов).
2. дин.с. Түс болып, күн аўғаннан кейин оқылатуғын екинши намаз.
Сөйтти де, песин намазын оқып болып, арбаны өзи айдап кетти (М.Нызанов).
Лазым тарқағаннан кейин, ийшан қонық жерге келип песин оқыды (М.Нызанов).