⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЕЧЬ

Қарақалпақша

ат. 1. От жағып, жайды ысытыўға, тамақ писириўге, ҳәр түрли етип темирден, шойыннан, гербиштен арналып иеленген зат. Ол печьтиң артындағы ләгенниң қасында турған мыс қуманды қолына алып жуўына баслады (Т.Қайыпбергенов). Печьтиң арғы жағында егеде киси малдас курынып отырыпты, жанында он-он бес жаслардағы еки бала сыбырласып сөйлеспекте (К.Кәримов). Бир ўақлары екеўимиз әткеншекте әсте шайқатылып, қызарған темир печьтиң қақпағындай болып батып баратырған қуяшты тамашалап турсақ, Алмагүлдиң апасы түбимизге келип ғарғысты жаўдырып тур екен (Т.Қайыпбергенов). 2. Металларды еритиўге, қыздырыўға, балқытыўға пайдаланылатуғын орын. Домна печи — шойын еритетуғын үлкен печь.