ПЕШАНА
Қарақалпақша
ат. 1. Қас пенен шаш аралығы, маңлай.
Пешанасы жазық болса сымбатлы, Истен қайтпайтуғын болса ғайратлы (А.Дабылов).
Алла таала бендесиниң пешанасына туўылған пайтында болажақ тәғдирин дәўети-қәлем менен жазып қояр екен (М.Нызанов).
Ол қыздың кең пешанасы қәм тынық көзине мөлдиреп қарап турғанда Бабан келе сала жулқылады (Ә.Атажанов).
2. аўыс. Тәғдир, келешек, талай, ығбал, жазмыш.
Ҳәзир тәғдир, пешана, жазмыш қаққында бәсекилесип отыратуғын ўақыт емес еди (У.Пиржанов).