⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЕШМАН

Қарақалпақша

ат. 1. Печьти салыўшы, ислеўши, соғыўшы киси. 2. Ылайдан пақса салыўшы, қойыўшы, жоныўшы адам, киси, уста. Пешманның бойынан да жоқарылап барып, таўланынқырап шарланып түскен ылайға қәўесиң келеди (Т.Қайыпбергенов). Жай салатуғын пешман, ун тартатуғын қаразшы ҳәм басқа да кәсипшилер жүзеге келди (К.Мәмбетов). Пешманлар билегин сыбанып бир пақса дийўалдың басына шықты (Ә.Атажанов).