⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПИДӘ

Қарақалпақша

ат. Бир нәрсеге, ҳәдийсеге ямаса идея ушын өзин бағышлаў, қурбан болыў. Илаж табалмаса көзи сүзилер, Жигитлер жолында пидә қызлардың (Әтеш). 0 Пидә болыў — қурбан болыў, жанын аямаў, себил болыў. Халық исине жанды пидә қыла бил (Т.Сейтжанов). Қыз өз муҳаббатын қанша сыр тутқан сайын, жигит оның жолында жанып-күйеди. Жанын пидә етеди (М.Нызанов).