ПИТКЕРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тамамлаў, аяқлаў.
Ол әскерий ўазыйпасын питкерип аўылға келгеннен кейин, бизиң үйдиң қасында отырды (А.Бекимбетов).
Сегизинши классты питкергеннен соң кетемен десең детдом руқсат етеди (Т.Қайыпбергенов).
Нуржан усы быйыл бесинши классты питкерип еди (С.Хожаниязов).
— Аўа, ол мениң балам, — деди өзинен-өзи.
— Балам! Ерназарым!... Оқыўды питкерип келген екен-дә! (А.Әбдиев).
2. Атқарыў, орынлаў.
Бәрекелла, бәрекелла, тил алғыш, ис питкергиш жақсы бала екенсең (А.Бекимбетов).
Ҳа қыз, ҳа Айшагүл, сен не питкердиң бузаўды айырып байламай (Т.Қайыпбергенов).
3. аўыс. Таўысыў, түўесиў, жоқ етиў.
Атамурат қысқа сөзин питкерди де, ҳеш кимниң пикирине қарап турмай қол көтериўди усынды (Т.Қайыпбергенов).