ПОЕЗД
Қарақалпақша
ат. тех.
Темир жол қатнаслары ушын арналған локомотив пенен жүретуғын вағонлар системасы.
Бүгин поезд келмей қалыпты, жолда бузылған (М.Нызанов).
Бизиң ата-баба деген гәпке шебер болған.
Самолётты ушпа деген, поездды от арба деген, велосипедти шайтан араба деген (М.Нызанов).
Таң қаранғысында поездтан түсип, үйге келгенимде еле күн шыққан жоқ еди (Ш.Сейтов).
Ҳеш қалайы жоқ, урыста жүрип тутқынға түскен, соннан немислер тутқынларды поезд бенен алып баратырғанда қолайын таўып ан жерге бойын таслаған (С.Баҳадырова).
Техас қаласында, қырғыз жеринде, Поездлар даўысына қулақ түресиз (И.Юсупов).