⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПОРТ

Қарақалпақша

ат. Кеме, пароход тоқтаў ушын арналған суў бойындағы орын, қала. Портқа барып балықларын тапсырып, Жүзи жарқын күлип келер аўылға (Ш.Мәмбетмуратов). Маған теңизде шомылыў, корабльге миниў таң емес, бизиң Одесса порт қала, Қара теңиздиң бойында (М.Нызанов). Кеше гүрлеп турған Үшсай портында, Бүгин корабллер қойымшылығы (И.Юсупов).