⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПУНКТ

Қарақалпақша

ат. 1. Бир нәрсеге арналған орын, жай. Машина пункттен өткен жердеги көпирден секирип-секирип өтти де, тегис жолда ыңыранып алға қарай зымырады (Ә.Атажанов). Баласын атызда уйқылатып қанша терсе де, оны пунктке жеткериў қыйын еди (Т.Қайыпбергенов). Сени күтер барлық жерлерде, Қурылыс, дүкән ҳәм пунктлерде (И.Юсупов). Пахта пунктлерде отырды мықш ыйып, Қундыз малақайды хдрамзадасы... (И.Юсупов). 2. Текстин жазыў, хәм т.б. нәрселердиң бөлими, тараўы.