ПУШ
Қарақалпақша
ат. 1. Туқымсыз, дәнесиз.
Ал, сен сонда да соңғы гөреклерди пуш қалдырғың келеди.
Пахтаны ойлағаның ба сол? (Ө.Хожаниязов).
Қуры сымбатка қарама, дәнеси жоқ пуш болмасын (С.Мәжитов).
2. Иши бос, ишинде ҳеш нәрсе жоқ.
аўыс. Әмелге аспайтуғын, қам, қурғақ, жалған, тийкарсыз, тыянақсыз.
Лекин, бул үмити пуш шықты (М.Нызанов).
Мектепте бул қыялларым ҳәр күни пушқа шығады.
Үйге асығаман (М.Нызанов).
Үмитин пушқа шығарған пүткил дүньядан жүз бурмақшы киби Беркинбайдың түксийген қалың қабақлары астындағы көзлери жумылған еди (К.Кәримов).
0 Пуш болыў — иске аспаў, бийкарға шығыў, нәтийжесиз болыў.
Арланды қаназат исин калған соң, еки тойда бир еңбеги пуш болды (С.Нурымбетов).
Үмити ҳәм жигитлерге берген уәделери пуш болып шықты (С.Айний).
Дем бермей үш-төрт дөндирген шақта, Пуш болды душпан димарын сарқып (Т.Жумамуратов).
Маман бийдиң баяғыдан бери урыўлар арасындағы алаўызлықты сапластыраман деген нийети пуш болып, атланбай қалған жигитлерге бурылды (Т.Қайыпбергенов).
Мәуленниң ойы бала Ерназар ҳәзир таярланып атырған тағамдарға усаған тағамдарды айтар, деп ойлаған еди, пуш болды (Т.Қайыпбергенов).