ПЫРЫЛДАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Сес шығарып дем алыў, қурылдаў, пысылдаў.
Пырылдап уйқылап қалыппан (Ж.Аймурзаев).
Биреўлери пысылдап, биреў-биреўлери пырылдайды (Айбек).
2. Қанат қағып ушыў, дүрилдеў.
Ҳәр жерде уяларынан пырылдап ушқан шымшықлардан басқа жанлы макдуқ селт етпейди (Т.Қайыпбергенов).
Машинаның алдында бир топар қара торғайлар пырылдайды (Ө.Айжанов).
Қара талдың уша басында шымшықлар пырылдады (Т.Қайыпбергенов).