⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЫСҚЫРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Мурнынан қатты дем шығарыў, қарылдап дем шығарыў, сес шығарыў. Жолшы пысқырған атын тоқтатты (Айбек). 2. аўыс. Шапшыў, атлығыў. Астындағы аты да қос қулағын тикирейтип, пысқырып алға адым атқысы келмеп еди, бирақ оны қамшы менен алдырып жиберип, нийетинен ўаз кештирди (А.Садықов). Ол тыпыршып пысқырып турған сыйырдың қақ манлайы-аў деп, басына муш пенен қойып қалғаны, қолы манлайға емес, мүжилген шаққа гирш етип, көзиниң алдында жыбыр-жыбыр ушқынлар шашырады (Ә.Атажанов). Оның оғыры жуўырғышлығы Периханды таңландырып, танаўы тартылып, пысқырып турған атының жылаўын тартты (Т.Қайыпбергенов). 3. аўыс. Менсинбеў, писент етпеў, менменсиў, тәкаббирлениў. Шопанлар кутырып кетти пысқырып, тусаўларын белбеўине қыстырып (Бердақ).