⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПҮТИН

Қарақалпақша

кел. 1. Толық, барлық. Пүтин бир аўыл суўға жарымай отырғанда әкеси екеўи қол сериппе менен байлардың талай-талай атызын суўғарған еди (Ө.Айжанов). Байлардың үйин тинтип, пүтин ғазналарын ақларып алтын бар ма, гүмис бар ма алып арбалап қаладан шығара баслады (Қ.Ерманов). Соның ушын олар еки тәрепи де пүтин атасы да, анасы да адамларды жек көреди (М.Нызанов). Егер бул боян Америкада өсер ме еди, пүтин бир институт шуғылланар еди (М.Нызанов). Олай болса даўасы бизден, қайғы сизден, еки жарты бир пүтин болайық деп күлди (М.Дәрибаев). 2. Саў, дүзиў. Қулақ мурны пүтин келсе гәллениң, ыклас пенен дуўа оқысын қара (К.Султанов). Етиниң пүтин жери жоқ, қыршылып қан шығып тур (А.Бекимбетов). Ҳәммеге де өзине жараса, алданыш таўып бересен: өмирден атланып баратырғанлар — қәстелик қалын, қәстелер — дениниң саў ўағын, саўлар — үстиниң пүтин, тамағының тоқ ўағын әрман етеди (А.Садықов). Еси-ақылы пүтин ким болса да, мәрт болыўды арлы-намыслы болыўды, батыр болыўды, өле-өлгенше халық ушын, ел ушын хызмет етиўди мақсет етеди (Ә.Шамуратов).