ПӘКЕНЕ
Қарақалпақша
кел. Кишкене, пәс, пәжмүрде, тапалтас, келте, қысқа бойлы.
Пәкене кисиге көзим түскени сол, жүрегим дүрсилдеп сала берди (Қ.Аралбаев).
Ата қораздай қоқырайып, пәкенеси өпепишлеген биреўи жүдә жеделли қәдемлер менен баслап киятыр (Т.Қайыпбергенов).
Аўылдың шаңлағына қарашор адам топланып, олардың алдында, пәкене бойлы Асқар бий бийик атының ери үстинде тикейип, қызғын сөйлеп тур (Т.Қайыпбергенов).