ПӘКИ
Қарақалпақша
ат. Шаш алатуғын өткир қурал.
Пәки менен шашымды алды (Ж.Аймурзаев).
Рузматтың тула-бедени жуўлап, сол үлбиреген от еринлерди өзиниң еле пәки тиймеген жипек муртлары менен қытыклағысы келеди де, қыздың татлы уйқысын бузыўға қыймайды (Т.Қайыпбергенов).
Екинши биреўи пәки менен табанын тилип жиберип дуз септи (М.Дәрибаев).