⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘЛЕКЕТ

Қарақалпақша

ат. Бәле, апат, бүлгинишилик, былғаныш, апатшылық, жаманлық, қырсық, кәсапат, әўерешилик, бәле-қада. Ойда жоқ жерде пайда болған пәлекетти ойлай баслады (Айбек). Силелери қатады, пәлекет есин алады («Қырқ қыз»). Бир пәлекет болса үсти-үстине бола береди екен, ол да аздай таўдың түсерлигинде отыз сегиз жылқы бирден музға тайып әлди (М.Нызанов). Қоррандоз: — Қорада мал қалмайтуғын қырғын, — деди. Палкер: — Пәлекет, — деди. Әйтеўир адамның дадышыдап болмайтуғыны апатшылық (К.Мәмбетов).