ПӘМСИЗ
Қарақалпақша
кел. Ақылсыз, ойсыз, ессиз, сезимсиз.
Пәмсиз болса жолаўшы, қабақ арқалаған қыздан дәме етеди (К.Султанов).
Мен душпан шығарман жүде! Дым тәбиз алмайтуғын пәмсиз қыз болып жата бердим (М.Нызанов).
Болмаса неге орыс бизди жаўлап алмайды, — деди пәмсиз Қыдырбай султан (К.Мәмбетов).
Соны түсинбей, бул пәмсиз халықтың, Маман бийге дийдары күрий бергенине ҳайранман (Т.Қайыпбергенов).