⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘМСИЗЛИК

Қарақалпақша

ат. Ақылсызлық, ойсызлық, ессизлик, сезимсизлик. Келининиң пәмсизлигине иши ашып, қуйқасы жуўлап кеткен ана басқа адамның көзинше сыр бермеў ушын: — Дурыс айтыпсаң! — деди де, Гүлзийбадан қандай тәғдир айдап келгенин сурады (Т.Қайыпбергенов). Тек өзиң «сурасын» дегеннен соң адамгершилик жүзсинен «яқшы» дедим. — Оның пәмсизлигин мысқыллап күлди (А.Әбдиев). Мен күлемен, олардың пәмсизлигине күлемен, күлмеўге не илаж бар? (Т.Қайыпбергенов).